⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЙЫҚ

Қарақалпақша

ф. Адамның сыртынан жаманлаў, гәп етиў, өсек айтыў. Шуғылдай адамның үстинен сайып, Қумсадай қашасаң қыздан муңайып (С.Нурымбетов). Бир белги жоқ сөзинде, Ийманы жоқ жүзинде, Адамды сырттан сайғанды айт (Бердақ). Сизлер ҳәзир тарқап, найза саплатыңлар, қылыш егенлер, ат бағынлар, ябылардың сыртынан сайып жүриў-әм қорқақлық (Т.Қайыпбергенов).