САЙЛАҚ I
Қарақалпақша
ат. Ашық ямаса жасырын даўыс бериў жолы менен мәмлекетлик ямаса өзин-өзи басқарыў органларына бир адамды халықтың исенимли өкили (депутат) етиў.
Мен қорықпайман, сайлаң, мейли сайламаң, Маған онша үлкен үмит байламаң, Микрорайон подвалларын қурғатып, Аралға суў береди деп ойламаң (И.Юсупов).
Олардың арасында сайлаўдан өтип қайтқан бирли-ярым сары постыңды ғаррылар да, үстилерине гүпи кийип, беллерин буўып алған кемпирлер де, қыйқыўын жекерип, шаўқымласып турған өзиниң қатарқурбылары да, атқа минип, шетиректе турған белсендилер де баршылық еди (У.Пиржанов).