САЙ I
Қарақалпақша
ат. 1. Еки бәленттик ямаса таў арасында ағын суў нәтийжесинде пайда болған аңғар, жыра.
Бизиң жаўынғерлер кишкене сайдың ишине буққы таслап, жаўдың оңайын ала баслады (Ө.Хожаниязов).
Таўлы еллер қандай сулыў жерге бай! Көркин көрип көзиң тоймас қарасаң.
Соның бири: жасыл қыснақ, терең сай, Гүл төселген қырғыз жери — Арашан.
(И.Юсупов).
2. Жайылым суў, суўдың ултаны.
Айрықша Айымжамалдың аяғы сайға тиймей кетти (Ө.Хожаниязов).