САЗЕНДЕ
Қарақалпақша
ат. (п.
— жаратыўшы, музыкант).
Музыка әсбапларын шертиўши музыкант.
Аманлық атам оғада сазенде ҳәм бақсы еди (Ж.Аймурзаев).
Солай етип, түнги балық аўлаўда жыраўдың алды Әбдир, кейини Жумамуратқа шекем, бақсының алды Ещан, кейини Тәжибайға шекем, артистиң алды Йолдаш, кейини Сәтбайға шекем, сазендениң алды Айтжан, кейини Махмутқа шекем келе береди (К.Султанов).
Мырзам күлди сонда маған сыбырлап: «Сазенделер, қосықшылар бул жерде, Ҳеш те артист емес, бәри депутат, Парламенттиң ағзалары бәри де (И.Юсупов).