САЗ IV
Қарақалпақша
ат. (п.
— мунапықлық, сәйкестик).
Қолай, тайым турыў, таяр турыў, сазлаўлы.
Бизиң халықтың бийлери, саздур жәҳәнде үйлери, Таймастан ҳеш ўақ күйлери, Дуўры жуўап айтқан емес (Бердақ).
Аз да болса саз болсын (ққ.х.н.).
Ҳәммеси саз, — деди Турымбет аға (Ө.Хожаниязов).
Ханның орнына Ырысқул бий жуўап берип, тез әкетиўи ушын ҳәмме жағынан саз етилип қойылғанын айтты (Т.Қайыпбергенов).
0 Саз бериў — таңның атып ағара баслаўы.
Маман оянғанда таң саз берип киятыр еди (Т.Қайыпбергенов).