САБЫР
Қарақалпақша
ат. (а.
– Шыдам, тақат, ерк, төзим).
Бир жағдай ямаса қубылысты шыдам менен күтиў, қанаат етиў, өзин тыйыў.
Сабыр етиң аз ғана күн, Тайынлайман не дәркарың («Мәспатша»).
Көп ақылдан пайда жоқ, сабыр-ықрары болмаса (Қ.Айымбетов).
Айқасар отлы әптап, жәбир менен, Жығылса иси болмас қәбир менен.
Жаўмай өткен бултларға өшегисип, Түйедей төзе билер сабыр менен (И.Юсупов).
– Сәл сабыр етиңлер, – деди ол өзин мәрт тутып (Т.Қайыпбергенов).
Ол сол хабарды күте берип сабыры таўсылды (К.Кәримов).
0 Сабыр кесеси толыў – шыдамы таўсылыў, артық шыдаўға тақаты қалмаў, тақаты тақ болыў.
Бул жанған от әтирапына топланған, Өзбек, қарақалпақ, түркмен-қазақ, Сабыр қасалары толып шайпалған, Мазлум халықлар еди көп шеккен азап (И.Юсупов).