САБЫН
Қарақалпақша
ат. (а.).
Жуўыныў, кир жуўыў ушын май ҳәм басқа қоспалы элементлерден таярланатуғын, жақсы көпиретуғын хожалық буйымы.
Ол едендеги ләғенге қолын сабын менен жуўып, төрғе өтти (А.Бекимбетов).
Қуманды маған услатпаға жеркенип турған шығар деген ойда турғанымда, ол жуўырып және ишке кирди де, бир сабынның алқындысы менен бет сыпыратуғын сүлги әкелди (Т.Қайыпбергенов).