САБЫЛЫЎ I
Қарақалпақша
ф. Шаршаў, болдырыў, қара терге түсиў.
Қабағы қатып, мезгилинен бурын ети қашқанына ҳәм бул ўақытта лапылдап туратуғын көз жанарының жалыны қараўытқанына қарағанда узақ жолдан сабылып келгенге ямаса әлле кимнен қысқы жегенге усар еди (К.Султанов).
Оның қарашыл аты сабылып қалған еди (Ө.Хожаниязов).