САБАҚЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Сабақты, жипти ийне яки тебен көзинен өткериў.
Ол қаяллардың көбиси машын тигиў түўе сабақлай алмайды (Т.Қайыпбергенов).
2. Жалғастырыў, байланыстырыў.
Қыз берип қыз алысыў, туўған-туўысқанлықты сабақлап, тамыр жайдыра береди (Я.Муратов).