⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САБАН

Қарақалпақша

ат. Салы, тары, бийдай, арпа ҳәм усы сыяқлы басқа егинлердиң пақалы, жергиликли имарат қурылысында ҳәм от-жем ушын пайдаланылатуғын өним. Жер төлеге төсеў ушын салының сабанларын тасыды (Ж.Аймурзаев). Төрде, сабанның үстинде жатырған Бектемирден басқасының бәри өрре-өрре турды (Т.Қайыпбергенов). Бизлер жети баланы сабанның үстинде туўып-ақ келе қылып едик (М.Нызанов).