САБАЛАҚ
Қарақалпақша
кел. 1. Уйпаланған, жумбаршақланған, уйпа-жуйпа.
Киширек, бирақ қаўайы рең, шағын ғана гүмбези өзине өткен-кеткенлердиң дыққатын аўдарып турған сақана алдында шашлары тозғыған дәрўиш отырар, жанында сабалақ жүнли, арық ийт аяқларына бас қойып, өткен-кеткенлерге қандайдур жалынышлы нәзер таслап жатар еди (К.Кәримов).
2. Жаман, шырайсыз, формасыз, төмен, пәс.
Жуўапкерсизлик пенен қурайтуғын саўыншы сол қасыл туқым сыйырды тез арада-ақ жөнли сүт шықпайтуғын сабалақ қалына түсиреди (Ж.Сейтназаров).