⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САБА

Қарақалпақша

ат. Жылқының терисинен қымыз қуйыў ушын иеленген мес. Жарылғанда шарўалардың сабасы, Қулағына жетти халықтың наласы («Қаншайым»). Ҳаялын сениң балғалы, Өзиң ақсақал болғалы, Балғалыдан қыз алғалы, Самбырлайды сабаң сениң (Бердақ). Барлық ҳәм жоқлықтың, шегарасы бул, Усы жерге келип излер жоғалар. «Менсиз дүнья жоқ» деп, асқынған кеўил, Бунда сабасына қайта қуйылар (И.Юсупов).