⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СААТ

Қарақалпақша

ат. 1. Ўақытты көрсететуғын қурал, әсбап. Ерполат саатына қарады (Н.Дәуқараев). Барлары мениң менен ж ары сқандай, қол саатларына қайта-қайта үңилип, тыпыршылап отыр (Т.Қайыпбергенов). Саатыма қарасам, саррас он еки саат уйқылаған екенмен (М.Нызанов). 2. Белгили бир өлшемге тең ўақыт өлшеми, мезгил. Мәрттиң мәртлигин сынайтуғын саат келген еди (К.Кәримов). Бурын әдетленбегенликтен бе, бир саат отырыўға да шыдамай мениң белим аўыра берди (Т.Қайыпбергенов). Баяғы бир сапары бир ярым саат самолётта отырғанбыз, шақмақ тынғанша (М.Нызанов).