⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЎЛЫҚ II

Қарақалпақша

ат. Аўырыўы жоқлық, денсаўлық, амандық. Жөнсиз қырқ күн қайғы-уўайым шеккеннен, Денсаўлықта бир күн шадлық жақсырақ (Бердақ). Тутқында саўлығы нашарлап, еле қәддин дүзей алмаған ғарры бий баралмады (Т.Қайыпбергенов). Ол бизге де устаз, айтсам мен хағын, Мине, дослар, мине, Гүлжан қарағым, Соның ушын саўлығына Ораздың, Кел, ишейик, қуўаныштың шарабын! (И.Юсупов).