САЎДАГЕР
Қарақалпақша
ат. (п.
— саўда ислеўши).
Саўда менен шуғылланыўшы адам.
Саўдагерлер тегин кете ме, көли балыққа, өриси малға, жери дийқанға жай атаўдың лақабы жайылды (К.Султанов).
Берер едим, болса менде кәрамат, Саўдагерге инсап пенен қанаат, Базар қатнасығы деген дәўирге, Барар жолда болар бундай әламат (И.Юсупов).
Оның әрманларын неке асырыўға әкеси себеппин болып, жас Қузьманы орыс саўдагерлерине дилмашлыққа берди (Т.Қайыпбергенов).