САЎАЛ
Қарақалпақша
ат. (а.
— сораў, илтимас).
1. Жуўап алыў ушын айтылатуғын тәп, сораў.
Қызға айтты патша сонда, — Келипсиз сулыў, булманға, Айтарлық неңиз бар ханға?... Деп бир саўал қойған екен... (Бердақ).
Мәзи бир саўалым бар еди сизге, Бир қосығыңыз бәрҳа ой салар бизге (И.Юсупов).
«Бас қатты ма, тас қатты ма?» деген саўалға «бас қатты» деген ғой даналар (Т.Қайыпбергенов).
Бир мәҳәл ол нәўбеттеги саўалды оқыды (М.Нызанов).
2. Имтихан билетинде жазып қойылған, жуўап бериў зәрүр болған темалар аты ямаса шынығыў, мәселе.
Маған да сол саўал тәкирарланды.
— Аристотель, Платон, Герцен, Эйнштейн, Нобель... (М.Нызанов).