САЎ I
Қарақалпақша
ат. 1. Дени саў, аўырыўы жоқ, сап.
Бенделердиң ғаррысын да, жасын да, аўырыўын да, саўын да аямады (Т.Қайыпбергенов).
2. Тири, аман.
Саў болсаң буйырған дуздәмегинди татып кетерсең (А.Әлиев).
0 Саў етиў — бирден, тосаттан келиў, пайда болыў.
Телевизорды таўласаң да қәўетер, От алғандай дүнья деген уянды, Қайдандур жаўызлық күшлер саў етер, Ҳәм қоздырар бәри аллергиянды (И.Юсупов).