РӘҲӘТ
Қарақалпақша
ат. Ҳәзлик, ләззет, пайыз.
Мениң пешиме асылып мийнетке де, рәҳәтке де, қайыл болыўға рийзалық бер (К.Султанов).
— Берекет тап, иним, мың жаса, бала-шағаңның рәҳәтин көр (Т.Қайыпбергенов).
Инсан мийнетиниң рәҳәтин көрсин, Ҳәмме жерде ығбал урығы өнсин (И.Юсупов).