РӘҲИМ
Қарақалпақша
ат. Мийрим, аяныш, мийирман, қайырқом, пәрмана, ғамхор.
Көз жасынды төгип кимнен рәҳим сорап турсаң? (К.Султанов).
Ҳәзир мениң тынысымның тар ўағы, Сен рәҳим етпедиң көзде жасыма (И.Юсупов).
— Оны рәҳим етиниз, мырза.
Өлтирмең (А.Бекимбетов).
Нәркәс кирпиклерден төгилген жасқа Ханның рәҳими келмеди ҳасла (И.Юсупов).
0 Рәҳим қылмаў — жақсылық етпеў, мийрими түспеў.
Аға беглер, сыртым пүтин, Ишим жанып болды түтин, Асырып залым өзиниң қәддин, Ҳеш бир рәҳим қылған емес (Бердақ).
Тақсыр, рәҳим қылың, сабамаң енди, Өйтип қан жылатпаң жас жүреғимди (И.Юсупов).
Рәҳим салмаў — қайырхом болмаў, қәўендер етпеў.
Өлимдар болған мен сорта, Рәҳимин салмастан, Кеткен екен залымдар, Жетим қызды шырлатып (Мөжит улы).
Рәҳими келиў — мийрими түсиў.
Көрсең рәҳимиң келеди (К.Досанов).
Рәҳими келмеў — мийирман болмаў, қәўендерлик етпеў, жаўыз, мийримсиз.
Бирақ оның көз жасына хешкимниң рәҳими келмеди — оны жатқарып сабады (С.Айний).