⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

РӘМӘЎИЗ

Қарақалпақша

р. 1. Тәбият кубылысының жай-жағдайы, түр-түси, мийзамы, шырайы, сын-сыпаты, бағдары. Аўыр жатарда күнниң рәмәўизи тағы бузылды (Қ.Айымбетов). 2. Адамзаттың ойы, қыялы ҳәм де бир ис-хәрекеттиң бағдары, бағыты, шамасы, жағдайы, түри. Араға адам салып рәмәўизимди андамақшы болды (С.Айний). Бирақ жигит ярының сөзиниң рәмәўизинен айтажақ пикирин сезди (К.Султанов).