⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

РӘЎШАН

Қарақалпақша

кел. 1. Анық, белгили, ашық, жақсы, жарык, айқын, нур, жақты, жақгыраған, шам-шырақ. Қара гүллер болды рәушаны. Таўыс яңлы жилўасынан (Әжинияз). Қара сақаллы, жалпақ мурынлы, өсик қаслары астындағы үлкен көзлери еле рәўшан жылтыраған, қызыл жүзли Айғара бий есигиниң алдына шығып, қундыз қыстырғышлы малақайын шешип әстен басын қасынып тур еди (Т.Қайыпбергенов). Кеше-күндиз жолындаман сергиздан, Ш ын майданға көрсет жүзиң — рәушаның (И.Юсупов). 2. Рәўшан хаял-қызлардың аты, исми. 0 Өмир рәўшаны — сәни, келбети, сыны, жарасығы. Билемен: партия - ақыл, ҳүжданым, Өмир рәушаны, жүрегим, жаным (Х.Сейтов). Бағ рәушаны — көрки, көриниси, сымбаты, жайнаўы. Бағ рәушаны — жүрген жери, Ҳасыл алтын тергенлери (И.Юсупов).