РОДДОМ
Қарақалпақша
ат. 1. Хаяллардың туўыў үйи, жас босанатуғын орны, жайы.
— Егер оны қойсаң роддомға бас врач болып та ислей береди (М.Нызанов).
2. аўыс. Бир нәрсениң келип шығыўы, пайда болыўы, дөреўи, туўылыўы.
Поэзияның роддомы — О, сүйикли Ирпень.
Қарақалпақстан деген бул елди Бахыт роддомы десе болады (И.Юсупов).