РЕЖЕ
Қарақалпақша
ат. Тәртип, усыл, жол, тутқан сиясат.
— Әл хаўада дәрежеңиз, Тал жипектен режеңиз, Қырқ сегиз қабат өжиреңиз, Бул не деген Қулен болыс (Бердақ).
Дүзип қойған режелерим шилпәрше болды (М.Нызанов).
Биз өзимизше тон пишип, қайсы сабақтан көбирек, қайсы сабақтан азырақ таярланыў кереклиғин режелестирип көрсек, институт әлле қашан талабанлар ушын консультацияны баслап жиберипти.