⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

РЕДАКТОР

Қарақалпақша

ат. Баспасөз жумысының барысында басшылық етиўши, бағдарлаўшы, көрсетип отырыўшы, улыўма сол ис бойынша жуўап беретуғын адам. Секретарь болып сайланбастан бурын Атамурат дийўалы газетаның художниги ҳәм редакторы еди (Т.Қайыпбергенов). Өзиндей талантлы жаслар керек, қосшым, — деди редактор (К.Алламбергенов). «Жасасын өтирик» деп, жуўмақ жасадым да, редакторға алып бардым (М.Нызанов). Редактор бир ай мәукт берген мақала еле жазылған жоқ (М.Нызанов).