РАС
Қарақалпақша
ат. Дурыс, ҳақыйқат, анық, шын болған нәрсе.
Онда Нурнияз ағадан еситкен гәплерим рас болды ғой... (К.Алламбергенов).
Ҳақыйқатында да оның бетине тикленип бир нәрсе айтсаң, қылтыйып қалатуғыны да рас еди (Т.Қайыпбергенов).
Өлгени ырас па, ырас.
Мениң қызым екени рас па, рас (К.Султанов).