⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

РАМАЗАН

Қарақалпақша

ат. 1. дин. с. Камария жыл есабы бойынша тоғызыншы айының арабша аты, бул ай даўамында шәриятқа байланыслы мусылманлардың ораза тутатуғын айы. Рамазан айы басланды. 2. Рамазан айында балалар яки гедейлер үйме-үй (есикпе-есик) баўырсақ, нан, ақша ҳәм т.б жыйнаў ушын жүрип айтылатуғын диний қосық. Рамазан айтыў «Рамазан (ярамазан) айта келдим есигиңе, Қошқардай улды берсин бесигиңе, Тарысын тағы берсин несийбеңе» (Кқ.фоль.) 3. Рамазан ер адамлардың аты, исми. Ол Рамазанды үйине шақырды.