⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘТЛИ

Қарақалпақша

кел. 1. Қарыўлы, мықты. Кеўилден пәтли дәрья жоқ. Сәл жерде тынып қалар ол (И.Юсупов). 2. Күшли, тез. Сонда мен және де пәтли ағаман, Бойларыма ҳасыл түйме тағаман (Ә.Шамуратов). Пәтли киятырған автобустың дегершиклери күтилмегенде жолдың шуқанағына салт ете қалып (Т.Қайыпбергенов). Ҳүўилдеген жинли ҳәм пәтли самал шертектиң сыртына басылған шөплерди пөстектей, ал зил есикти кенептиң жуллығы шелли көрмей жулқылайды (Ә.Атажанов). Дәрья ағысы пәтли болғаны менен алдында көп тосқынлықларға дус келип, бурқырап, буўлығып ағады (Т.Қайыпбергенов). 3. Жақсы, артық, зыят. Үлкен баласын көргеннен, бийик бөгетке минбелеп турған пәтли суўдай, көмекейине кийликкен күйиниш ке аралас қәҳәрли сөзлериниң тығынан алып жиберди (Ә.Атажанов). Егер де, сейис пәтли болғанда бағанағы Жийрен бар-аў, алыс айлаўға жиберилер болса, бизиң Ақшаны шыдатажақ жаныўар емес екен, ҳимм! (А.Садықов).