⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘТИЯ

Қарақалпақша

ат. 1. дин.с. Қолды жайып қуда жолына, өлген адамлар ушын яки аўқат жегеннен кейин айтылатуғын тилек. Жаслығымда қайсындай ғаррының хызметин етсем де бәриниң пәтиясы биреў еди: «Өмириңниң нуры сөнбесин» дейтуғын еди (Т.Қайыпбергенов). Мен аманлық-есенлик ушын пәтияға қол жайдым (М.Нызанов). Дастурханға пәтия оқылып атырғанда: — Ҳәмдам, ҳәмдам — деген даўыс еситилди (С.Айний). 2. Тилек, алғыс. Тап өзим олардың басларын қосыўға хақ нийетим менен пәтия берип, алды менен алғысын аламан, - деди Кәраматдиин (Ж.Аймурзаев). Гәпине дослар ойланып, Пәтия берди, жыйналып (Т.Жумамуратов). Аш арығын тойдырып, ел қуўантып пәтия алды («Мәспатша»). 0 Пәтия оқысыў — қыз-жигитти бир-бирине қосыўға келисиў, уәде берисип шәртлесиў, келисимге келиў. Кисиге пәтия оқысып, мал өткерисип қойған қызымды биреў әкетип қалыпты, — деди жөн-жосақ та сораспай (Т.Қайыпбергенов).