⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘТИР

Қарақалпақша

ат. Қамырды ашытпай, орамадай орап, арасына өсимлик майын салып, жуқа етип жайып писирилген нан. Сапар аға қойнынан бир пәтир нанды шығарды (К.Султанов). Апам дүкәнның булка нанынан көре қолдан жабылған пәтирди тәўир көретуғын еди (М.Шымбергенов). Қақерик, жийде, ғарбыздан қайнатылған тошап, шашақлы лампасый ҳәм жақында ғана тандырдан шыққан, ишине пияз ҳәм куйрық майдан салынып жаўылған майлы пәтирдиң ийиси мурныңды жарады (Т.Қайыпбергенов).