ПӘНТ
Қарақалпақша
пәнт жеў ф. Алданыў, бапланыў, пушайман жеў.
Иним биреўди сүйип қалып пәнт жедиң-аў шамасы (Т.Қайыпбергенов).
Ал, қыз алдында пәнт жегенине Өтегенниң жығырданы қайнап, Дәўлетбайды сөкпекши болып еди, үндемей кетип қалған адамның изинен бақыра алмады (Т.Қайыпбергенов).
Гармоншыда, мандолиншиде әсбапларын алып шыққанына пәнт жеп киятыр (Т.Қайыпбергенов).
0 Пәнт қумар болыў — бир нәрседен пысы қурып қалыў, ғапылда қалыў.
Сөзлеринди есите алмай пәнт қумар болып турыппан (Қ.Айымбетов).
Пәнт бериў — алдаў, баплаў.
Ол маған қаншама пәнт берсе де, елеге шекем оның алдында усындай әззилигимди тасламағаныма, баяғы жаслық жылларымдағыдай оны көргеннен дизем ниң қалтырағаныма хайран қалдым (С.Бахадырова).