ПӘМСИЗЛИК
Қарақалпақша
ат. Ақылсызлық, ойсызлық, ессизлик, сезимсизлик.
Келининиң пәмсизлигине иши ашып, қуйқасы жуўлап кеткен ана басқа адамның көзинше сыр бермеў ушын: — Дурыс айтыпсаң! — деди де, Гүлзийбадан қандай тәғдир айдап келгенин сурады (Т.Қайыпбергенов).
Тек өзиң «сурасын» дегеннен соң адамгершилик жүзсинен «яқшы» дедим.
— Оның пәмсизлигин мысқыллап күлди (А.Әбдиев).
Мен күлемен, олардың пәмсизлигине күлемен, күлмеўге не илаж бар? (Т.Қайыпбергенов).