⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӘЛЛЕ

Қарақалпақша

ат. Қаўын, ғарбыз, суўқабақ, асқабақ ҳәм тағы басқалардың сыртқы қабығы. Кетип баратырып шопақ қатырылған пәллени сындырып, екеўимиз бөлисип алдық (У.Пиржанов). Мен үйге кирер аўызда топыраққа былғанып, шоқылып қалған жамбылшаның ярым пәллесиниң қасында қырампыш болып жулысып атырған еки шөже қораздың қызығына түсип кеттим (М.Нызанов). Ол көйлегиниң етеги менен қоса тыржыйып қатып қалған, шопақ қатырылған пәллени аўзына тислеп түсти (М.Нызанов).