ПӘЛЕКЕТ
Қарақалпақша
ат. Бәле, апат, бүлгинишилик, былғаныш, апатшылық, жаманлық, қырсық, кәсапат, әўерешилик, бәле-қада.
Ойда жоқ жерде пайда болған пәлекетти ойлай баслады (Айбек).
Силелери қатады, пәлекет есин алады («Қырқ қыз»).
Бир пәлекет болса үсти-үстине бола береди екен, ол да аздай таўдың түсерлигинде отыз сегиз жылқы бирден музға тайып әлди (М.Нызанов).
Қоррандоз: — Қорада мал қалмайтуғын қырғын, — деди.
Палкер: — Пәлекет, — деди.
Әйтеўир адамның дадышыдап болмайтуғыны апатшылық (К.Мәмбетов).