⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПҮТКИЛЛЕЙ

Қарақалпақша

р. 1. Биротала, толығы менен, қәммеси. Уйқылап қалдым, ким екенин көрмедим, билмедим түсим бе, я оңым ба, ядымда жоқ деп айтқанларынан пүткиллей танып шықты (А.Бекимбетов). Атамураттың әскерлери елди пүткиллей пәтеңге келтирди (Т.Қайыпбергенов). Бир рет усындай ўарра-ўарралары ушын барлық курбақаларды өмиримниң ақырына дейин пүткиллей жек көретуғын болып қалдым (Т.Қайыпбергенов). 2. Тутас, тутасы менен. Оның басқалардан пүткиллей ажыралып туратуғын бир қәсийетти бар екен (У.Пиржанов). Үш жыл даўам еткен ашлық адамлардың пүткиллей силикпесин шығарған (Т.Қайыпбергенов).