ПЫШЫҚТАЙ
Қарақалпақша
кел. Пышыққа уқсаған, пышыққа мегзес, пышық сыяқлы, пышық тәризли.
Ол аяқларын ғаз-ғаз басып, пышықтай жылысып есиктен шықты да, күтә епшиллик пенен қапыны әстен ғана жапты (Т.Қайыпбергенов).
Пышықтай епшил қүждан, Талап етип басқадан (И.Юсупов).
Жигитлер биресе өзлериниң аға бийине, биресе бир мүйеште пышықтай болып отырған Қасымға қарады (Т.Қайыпбергенов).