⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЫШЫҚ

Қарақалпақша

ат. Жолбарыс, арыслан туқымлас сүт емизиўши үй ҳайўаны. Сизлердиң ҳадалдан таўығыныз жоқ, қарамнан пышығыныз жоқ, отырыспаны не қыласыз (Қ.Ерманов). Бир қап-қара пышықтың жокары ылақгырғанда тырнағы түнликке илип қала бергенинен кейин, аяқларын геўдесине бир шаршы менен муқыятлап ораўын даўам етги (А.Садықов). Нәрестениң өлимин пышықтың өлиминдей көрмейди-ә, бул қудайдан тапқырлар! (М.Нызанов). Жийемурат алдына келип тоқтаған пышықтың жаўырнынан сыйпалап, жолдасларынын дыкқатын соған аўдарды (Т.Қайыпбергенов). 0 Пышық мурын батпайтуғын — жүдә қалың, қалыңдық. Арқасындағы пышық мурны батпайтуғын тоғайлыкты есапка алмағанда көсилип жатырған далаңлық (К.Мәмбетов). Аўылдын бир тәрепи пышық мурны батпастай тоғайдық, бир тәрепи камыслық көл, көлдин қамыслығы торанғы ллық пенен қапланған тоғайдан қалыспайды (С.Баҳадырова). Пышық басты - ала пасырлы, былағай, баса-бас, былғасық. Демниң арасында пышық басты болып қалды (Ж.Аймурзаев).