ПЫШЫРЛАТЫЎ
Қарақалпақша
пышырлаў фейилиниң өзгелик дәрежеси.
Еки ат қатарласып, өткен жылдың морт урыкларын омыраўы менен жапырып, шабыраўыт жыңғылларды сықырлаған қар үстине қайырып, пышырлатып сындырып баратыр (Т.Қайыпбергенов).
Пышырлатып басып биреўдин киятырғанын билди (Ә.Атажанов).
Ол адам орнынан қозғалыўы мәттал, көлген-қутқан балықты сүйек-мүйеги менен сыпырып, қос-қоллап аўзына салып, пышырлатып шайнаўға кириседи (Н.Дәўқараев).