ПЫТЫРА
Қарақалпақша
ат. Мылтыққа салып атылатуғын майда домалақ оқ.
Пытыранын да дәреги табылған (Қ.Досанов).
Орыстың илимин қоя бер сирә, пытыра алысырақтан шашырап тийип, ҳәр жериме сиңип қала берген екен, бәрин кесип алды (Т.Қайыпбергенов).
Жолбарыс пенен шошқаны майда пытыра оқ пенен атыўға мүмкин емес, оған хәлеклениўге болмайды (Ә.Шамуратов).
...шойыннан пытыра қуятуғын темирши орыс устаның хабарын еситкенлер, аўылынан алыс-жуўығына, атлы-пиядалығына қарамай устаны көриўге, Маманға нөкер болыўға тилек билдирип, келе баслады (Т.Қайыпбергенов).