⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЫСЫҚ

Қарақалпақша

кел. Пукта, шыныққан, шаққан. Өзи де жасына қарағанда пысық бала еди (Ш.Сейтов). Булардың хеш биреўи султан да, ултан да емес, Орманбет пенен он жыл бирге болып Сарайшықтан Псковқа шекемги аралықты басып өткен, өз исине пысық жаўынгерлер еди (К.Мәмбетов). Бул жолда кимлердиң ойлары, ислери қанша пысық болса, әуладынан сонша жақсы алғыслар еситеди (Т.Қайыпбергенов).