ПЫСНАЎ
Қарақалпақша
ф. Пысылдап сес шығарыў, пысылдаў, ентигиў.
Пыснап уйқылаған жас биреўдин мурнының дем алысы келеди (К.Султанов).
Ол Атамуратты узақ күтип, ўактында аўкатлана алмай қалған болса керек, қасындағы жолдасына да онша итибар берместен, ентигип, пыснап қуўырылған аяқларын кемире баслады (Т.Қайыпбергенов).
Ең астында қалған Сәрсенниң ашшы даўысы шыққаннан кейин ҳәммемиз пыснап өрре турдық (Т.Қайыпбергенов).
Дәлизде өзин тик тутып тура алмай әдеттегидей былғанлап, бир түрли пыснап, әдеўир турды (Е.Өтепбергенли).