⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПЫРҚПЫРҚ

Қарақалпақша

Пырқ-пырқ етиў. Еликлеўиш тийкарлы қоспа фейил. Кимниндур палатада пырқ-пырқ жылай баслағаны сезилди (М.Нызанов). Мурнының астынан пырқ-пырқ күлип отырған Сержан, көпталындағы Гүлайшаға ийегин көтерип күлди (Т.Қайыпбергенов). Ерназар болса Бердакка карай мурнын пырқ-пырқ еткизип тартып... (А.Садықов).