ПЫР
Қарақалпақша
пыр етиў ф. Пырлап ушыў, пыр етип ушып қоныў.
Екеўимиз шелдиң үсти менен жуўырысып баратыр едик, тап түбимизден бир бөдене «пыр-рр!» етип ушты да кетти (Т.Қайыпбергенов).
Бирақ, оларды қалай услайсаң, қанаты бар, «пыр» етип ушып кетеди (К.Кәримов).
Хүрлиманның негедур күшенгени ҳәм аздан кейин бир нәрсенин «пырр» етип жыртылғаны еситилди (А.Садықов).
Тоғайда жүргенде алдынан бирден пыр етип қырғаўыл ушса «ўа» деп бақырып жибергенин билмей калатуғын да әдети бар (М.Дәрибаев).