ПУШЫҚ
Қарақалпақша
ат. Мурнының ушы жоқ, мурны басық, батық адам.
Сизлер болмасаңлар, пушық түўе зоң мурынға да жоқ ғой, бул жорға, — деп тағы күлдирди (К.Султанов).
Ана баласын жылдам докторға әкетип еди, доктор оған, клеткалары тири мурын таўып салмаса, баланы мәңги пушық болып қалатуғынын ескертеди (Т.Қайыпбергенов).
— Аманлық аға, пушық жеңгей саў ма? (Т.Қайыпбергенов).