ПУТАЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Пута өскен жер, майда тереклер, шөплер өскен жер.
Қашқын путалықтан сүмирейип шықты (Ө.Хожаниязов).
Сол рет те Таўмурат Гүлжан менен әдеттегидей жолдың әдеўир шетиндеги путалықтың арасынан шығып, машинаға қайта жүрип кетти (Е.Өтпебергенли).
Соңынан «соқырлардай» жетелесип, қалың путалықтың арасына сиңип кетти (Т.Қайыпбергенов).
ф. Шақаларын кесилип тасланыў, путаларын алып таслаў, путаларын шабыў.
Соның ушын да, маған бағманлық қыйынға түспеди ҳәм бул ўақга бағлар путалып болынған, оны тек кешки салқын менен суўғарыў, курт түспеў ушын ўақгында дәрилеп турыў ўазыйпасы ғана қалған еди (М.Нызанов).