ПУТ
Қарақалпақша
ат. 1. Еки аяқ, бөкседен төменги жағы.
Путына қараған еркек екенин аңлап жеттим де, кеўлимдеги сүйиўшилик сезимлеримди шилпәрше қылдым (М.Нызанов).
2. Еки аяқ аралығы, жуўан сан.
Аяғында жаңа ултарған сары мәллеба, путында бөз дамбал (Қ.Ерманов).
Бет-аўызлары ғожалақ-ғожалақ, гей бирэўлериниң путында дамбалы да жоқ (Н.Дәўқараев).
Соның арасында Ерполат сойып атырған қойының путын-пут, қолын-қол етип, путарлап басын, ишек-қарнын, өкпе-баўырын алып қалды да, басқасын қойдың терисиниң арасына тықты (М.Дәрибаев).