ПУЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Саўда яки төлеў ислериндеги баҳа, нырқ, арза хәм қымбат өлшеўи болған металл яки кағаз белги, ақша.
Олар бир күни пул шығарысып отырыспа шөлкемлестириўди ойласты (Қ.Ерманов).
Аўылымда бир мәрте абырайлы ет мени, ортадағы байрақ та сеники, халықтан түскен пул да сеники, бир мәрте жығылып бер, деп қыйылып турып алды (М.Нызанов).
Босаған үш бокалды пул менен қосып қолына услатты (М.Нызанов).
...ҳәтте бурын оны үйинде қондырғанлар, есигиниң алдына келгенде дийўана деп аяп қоржынына дән, нан, пул салғанлардың бәри де, оның кеше хақлап ел аралаған қәленлер екенин қыялына да келтирмеди (Т.Қайыпбергенов).
2. Байлық, капитал.
Ҳәмеллиге, пулы көпке жалтақламайсаң, ертең не ишемен, не кийемен деп те бас қатырып отырмайсаң, нервиңди шаршатып, жумыс ислемейсең (А.Әбдиев).
Досларым, «луд ҳәммени ойнатады», «алтын көрсе периште жолдан шығады» деген еки даналықты билесиз (Т.Қайыпбергенов).
3. аўыс. Бәри бир, базбаяғы, бир тыйын.
Исимиз сизге түшипти, Басқалар бир пулша жоқ (Н.Дәўкараев).
0 Бир пул болыў — аўыс. Күйип кетиў, босқа кетиў, пайдасы болыў.
Бир пул — аўыс. Бәри бир тәсири жоқ.
Дүньяны суў алса да үйрекке бир пул (ққ.х.н.).
Етигиң тар болса, жердиң кендиги бир пул (ққ.х.н.).
Бизден бурын неше заманлар болды, Өткен дүнья бир пул шелли көринди (Бердақ).
Бирақ, мениң бул ашыўланғанларым Алмагүлге бир пул еди (Т.Қайыпбергенов).