⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПУД

Қарақалпақша

ат. ген. с. 16,3 килограммға тең, руслардың аўырлық өлшеў бирлиги. Оның салмағы бир пудтан кем емес, тас мийтин мушы тийер болса, Қасым басына қамшы шырп етип тиген жыландай таўланып түсер еди (Ә.Атажанов). Оның пейлине түсиниў ушын орысшалап айтқанда бир пуд дуз ишпек керек (Ә.Атажанов). Тағы айтайын: биз тәреплерде, ғәллени батпан емес, пудпенен өлшейди (К.Көримов).