ПУЎ
Қарақалпақша
ат. Суў денешелериниң думан болып көтерилиўи, пар.
Түнде суў пуўға аз айланып жерге көп сиңеди (Ө.Айжанов).
Демлеўли қазанлардан анда-санда бурқырап пуў көтериледи (Қ.Аралбаев).
Олар еттиң пуўын шығармай жерге көмип писирип, мазалы тамақ таярламақшы болды (М.Дәрибаев).
Тек пискен жүўери гөжениң пуўы базылардың бойына жыллылық таратып, шешине баслады (Т.Қайыпбергенов).
Адам жемей-ақ пуўына тойғандай болды (М.Дәрибаев).
Ол кәрада қатара қойылған көп-көп зеренлер сүтли гүриш гөжеге толтырылып, үстилеринен пуўы бурқырап тур екен (Т.Қайыпбергенов).
0 Пуў бериў — гүмис яки алтын жалатыў.