ПРОФЕССОР
Қарақалпақша
ат. 1. Жоқарғы оқыў орынларында ислеўши белгили илимий дәрежеси бар тәжирийбели оқытыўшыларға берилетуғын жоқарғы илимий атақ.
2. Усы атаққа ийе болған оқытыўшы.
Ол бир танысларынан қәр қыйлы тәжирийбелер ислеў ушын жасырын түрде адамды тирилей сатып алатуғын профессор ма, доктор ма, қулласы, әйтеўир бир илимпаздың барын еситкен еди (А.Әбдиев).
Бизлерге институтта профессор айтар еди «бир докторды емлеўден, медицина қаққында түсиниги жоқ жүз бийтапты емлеген аңсат» (М.Нызанов).
Әлипбени үйретип жибергенбиз, Профессор болсын деп Алматыда (И.Юсупов).