ПОСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Көшиў, бүлиниў, қанғырыў, жағдайсызланып жүриў.
Таяқ болып алған сыйы, Қазан киби қайнап мийи, Болмай тамағы ҳәм үйи, Сансыз халық посқан екен (Бердақ).
Бир жыл ишинде ел посыўға келди (М.Нызанов).
Посып кеткен халық таў-тасты паналап, жыңғылдың астын саялап, алдынан не шықса алданшық етип жүрипти (К.Мәмбетов).